Қулшыбий Образы Ҳәм Тарийхый Ҳақыйқатлық

Authors

  • Шамуратов Марат Наўайы педагогикалық институты еркин излениўшиси

Keywords:

қарақалпақ халқының тарийхы, Қулшы бий образы, географиялық орны, көшип қонысласыў, тарийхый шахс, қарым-қатнасықлары

Abstract

К.Каримовтың «Ағабий» романында миллий тарийхымыздын өшпес из қалдырган қарақалпақлар тарийхының ең қыйын дәўирлериниң биринде сиясий майданда ҳәрекет еткен Қулшы бий сүўретленген.Ол Бухара қарақалпақларының бир бөлегин ата журт – Шымбай әтирапына көширип әкелиўге басшылық қылган.

Қулшы бий өз дәўиринде өзиниң сиясий көзқарасы менен, ақыллы, устағанлы бий сыпатында заманласларының ҳүрметине ийе болған болса, дәўирлер өтип те, тек өзи атақлы бий болып қалмастан Ережеп Ағабийдиң әкеси сыпатында да қарақалпақ халқының тарийхынан ылайықлы орын алган.

Халқымыздың Бухара қарамағында болған өмири өзиниң еслеўлери арқалы сүўретленеди. Қулшы бийдиң ойлары арқалы қыпшақлардың, улыўма қарақалпақлардың тарийхына экскурс жасалады. Бул қатарлар арқалы жазыўшы қарақалпақлардың ХVI-ХVIII әсирлердеги жасаған географиялық орны, олардың басқа халықлар менен болған қарым-қатнасықлары, болып өткен урыс ўақыялары ҳаққында тарийхый ҳақыйқатлықты ашып береди.

Автордың романда мақсет еткен тийкарғы концепциясы – ХIХ әсирде қарақалпақлардың өз алдына ханлық дүзиў, усы арқалы миллетти миллет сыпатында сақлап қалыў идеясын әйне, Қулшы бий образы арқалы берген.

Downloads

Published

2024-01-16

How to Cite

Марат, Ш. . (2024). Қулшыбий Образы Ҳәм Тарийхый Ҳақыйқатлық. Miasto Przyszłości, 44, 200–206. Retrieved from http://miastoprzyszlosci.com.pl/index.php/mp/article/view/2360