Толыбай Қабулов Лирикасын Үйрениў Технологиялары

Authors

  • Юсупов Конысбай Абылович Қарақалпақ мәмлекетлик университети, педагогика илимлериниң докторы, профессор

Keywords:

адабиёт, адабиётшунос, поэзия, поэма, образ, ижоди

Abstract

Қарақалпақ әдебиятын оқытыў методикасында лирикалық шығармаларды оқытыў ең әҳмийетли методикалық мәселелердиң бири. Бул методикалық мәселе бойынша елеге шекем жетерли методикалық пикирлер айтылмай киятыр. Әдебиятты оқытыў методикасы бойынша белгили методист алымлар Ахмедов С., Пахратдинов Ә., Пирназаров Ә., Долимов С., Убайдуллаев Ҳ., Ахмедов Қ., Йулдошев Қ., Тўхлиев Б. ҳ.т. басқалардың методикалық мийнетлеринде пикирлер билдирилген [1]. Әдебият бағдарламасында берилген лирикалық шығармаларды оқытыў ҳаққында пикирлер аз билдирилген. Усы көзқарастан қарақалпақ поэзиясы ХХ әсирдиң 60-90-жыллары тематикалық, жанрлық ҳәм көркемлик жақтан әдеўир раўажланыў бағдары, лирикалық шығармаларды таллаўдың әҳмийети ҳаққында кең тоқтап өткенимиз мақсетке муўапық болады. Әсиресе, әдебият бағдарламасында берилген Ж.Аймурзаев, Т.Жумамуратов, Б.Қайыпназаров, И.Юсупов, Т.Мәтмуратов, Ш.Сейтов, У.Пиржанов, К.Рахманов, Т.Қабулов ҳәм тағы басқалардың лирикасын үйрениў ҳәм сабақ түрлери арқалы оқытыў арқалы оқыўшыларға шайырлар дөретиўшилигиниң өсип жетилисиўи, олардың дөретпелери арқалы сол дәўирдеги поэзияның раўажланыў бағдарын түсиндириў әдебиятшы муғаллимлерден методикалық шеберлик ҳәм жуўапкершилик талап етеди. Әдебият сабақларында шайырлардың лирикасының инсан өмирине руўхый жақтан тийгизген тәсирлерин, биринши гезекте поэтикалық шеберлигин түсиндириў зәрүр.

Downloads

Published

2024-03-12

How to Cite

Абылович, Ю. К. . (2024). Толыбай Қабулов Лирикасын Үйрениў Технологиялары. Miasto Przyszłości, 46, 276–286. Retrieved from http://miastoprzyszlosci.com.pl/index.php/mp/article/view/2842