Қарақалпақ Детектив Жанрдың Қәлиплесиўиниң Дереклери Ҳәм Тәсирлери
Keywords:
процесс урока, обучение, художественная конференция, деятельность кружка, внеаудиторное занятие, образ, творчествоAbstract
Қарақалпақ прозасында детектив жанрдың раўажланыўы ҳәм нығайыў дәўири 60-жыллардағы дәслепки детектив шығармалар сыпатында қаралатуғын А.Бекимбетовтың «Сырлы излер изинен», Ш.Сейтовтың «Жынаятлы исине қосып тиркелсин», М.Қайыповтың «Қара чемодан» атлы повесть ҳәм романларын атап өтсек болады. Қарақалпақ детектив жанр миллий ғәрезсизлик жылларында болса, сезилерли дәрежеде раўажланды. Мәселен, бул жыллары С.Исмайловтың «Ашшы мийўелер», А.Абдиевтиң «Саўын сыйыр», А.Ақназаровтың «Дипломаттағы қупыя», «Жанайбат», Д.Есебаевтың «Тышқан тесиги мың теңге», Ж.Муратбаевтың «Периштелер», «Иймансызлар», Ж.Өтениязовтың «Мийнетсиз дүнья излеме», Ҳ.Өтемуратованың «Қара қағазлар», Г.Сарыбаеваның «Пышақ» гүрриңлеринен тысқары, өз сюжетлик-композициялық, жанрлық, стиллик қәсийетлери бойынша детективликтиң белгилери басым көринетуғын Ш.Сейтовтың «Жаман шығанақтағы Ақтуба», К.Рахмановтың «Ақыбет», К.Алламбергеновтың «Дәрья тартылған жыллар», А.Абдиевтиң «Жин-жыпырлар уясы» романлары менен бир неше повестьлерди атап көрсетиўимизге болады. Бул шығармалар тутасы менен детективлик жанрға жатпаса да, оларда дәўиримиздиң қыян-кести жынаятлық ўақыялары менен сюжетлик, конфликтлик қарама-қарсылық қубылысларына, абсурдлық ҳәдийселерди көбирек сүўретлеўге айрықша дыққат аўдарыў, сюжет ҳәм композицияны, конфликтлерди бурынғы дәстүрий үлгилерден басқаша қурыў, өткир ҳәм кескин қарама-қарсылықларды шығарманың орайына жәмлеп бериў бирден көзге тасланады.